АЎЫЛДА ТАЛЛАР...
Таңда моншақларын дизгенде шықлар,
Мәржандай нурланып, зейниңди тартар.
Қубылған шықлардан, ийгендей басын,
Сәлемге шай болар, аўылда таллар.
Алыстан таўлардай, сағымлап базда,
Сезбегендей яңлы, сылдырды, сайда.
Қусларды жасырып, қупыя жайда,
Силтидей тынады, аўылда таллар.
Таң самал тындырмас, тербеп шақасын,
Еске салдырғандай, ақшамғы назын.
Сол гезде еситсе, бүлбил ҳаўазын,
Сазлар танығандай, аўылда таллар.
Пәтленбес сезгендей, епкилли самал,
Түрлише дөнеди, еткендей ҳамал.
Саз берген қуяштан, өзгертип жамал,
Таңды сағынғандай, аўылда таллар.
Сол гезде өзгерер, мәржандай шықлар,
Қуяштан қорқады, илаж жоқ сақлар.
Таллар да тымпыйып, турмысты бақлар,
Өжетлик еткендей, аўылда таллар.
Гүз келсе, бәҳәрди сағынғанындай,
Илажсыз, турмысқа бағынғанындай.
Қуяшқа жаўтаңлап, табынғанындай,
Бәҳәрди сағынар, аўылда таллар.
Сел жамғыр нөсерлеп, жаўғанда базда,
Есинде қалмайды, сыйқырлы сазда.
Мегзейди сондағы, наўқаслы ғазға,
Ийилип қалады, аўылда таллар.
Бийсенбай Бекмуратов