**БУЛТЛАР ЖҮЗЕР.**
*Иллюминатор ойлар*
Әл-аспанда бултлар жүзер ығысып...
Бири жетип, бири кетип шығысып.
Олар менен ким тиллессер уғысып?..
Әлҳәббыз, уғыныў буйырғанынша.
----------------------------
Ҳәр сәне, ҳәр мәўрит нийетке толы,
Тәғдир гә мүләйым, гәҳиде долы,
Арзыў – ескиниӊ ҳәм жаӊаныӊ жолы,
Бәндиргиси – әрман, буйырғанынша.
------------------------
Өткенге өкиниў − пайдасыз налыш,
Сонда да, ҳәммеге бул туйғы таныс.
«Олай емес, булай» деген көп тарыс,
Негизи, буйырар буйырғанынша.
---------------------
Жүреклер муҳаббат отында күйип,
Гөззал келешекти кеўилге түйип,
Өтсе де бир өмир бир-бирин сүйип,
Тәғдирлер сан әлўан, буйырғанынша.
-------------------
Әлемниӊ сырлары сырлы жумбақлы,
Шешиминиӊ жүйи жипек сабақлы.
Қараша бол, мейли, мейли, таж-тахтлы,
Бахытыӊ, буйырса, буйырғанынша.
---------------------
Тек жақсылық тилер адамныӊ беги,
Дүзетиўге интә – жақсылық белги.
Дүньяныӊ үстини усы, негизи,
Лек, олдағы гәҳи, буйырғанынша…
Таӊ азаннан ҳәр мақсетте талпынып,
Мейли әсте, мейли жедел алқынып,
Жуўырамыз, өмир барар сарқылып,
Қанша қалды екен буйырғанынша?...
Билим, яки дүнья жыйсақ десек те,
Бул дүньяда көплеў турсақ десек те,
Шыбын жанды қыймай, қыйсақ десек те,
Ўаҳ… өмир өлшеми, буйырғанынша!...
-----------------
...Аппақ- аппақ бултлар жүзер ығысып...
2019.