------
Мен болмасам да жарқырар аспан,
Менсиз де күн батып, таӊлар атады.
Тирепберди болмас ҳеш ким ҳеш қашан,
Ҳәр соӊғы сапарға журт узатады.
--------
Менсиз де бәзимлер гүл-гүл жайнайды,
Гөззал ханымлардыӊ назлары менен.
Алаӯлап жалынлы өмир қайнайды,
Әндамлы бәҳәри, жазлары менен.
----------
Кимдур, мәгар, «сирә жасламас менсиз»,
Гүрмек, шийе сезимлер бар деседи.
Қайран басым, өте қалсам мезгилсиз,
Ел сонда да елшилигин етеди.
----------
Дүнья муҳитинде ҳеш гәп емеспен,
Мәниси не келип, және кетпектиӊ?
Естелик орнатып мәзи елестен,
Еки есик аралығын өтпектиӊ?..
---------
…Десемдағы, бул өмирде тайталас,
Ой турар, ҳәр орын гиреӯли, десип.
Мен де көптиӊ бири, ықласы қалас,
Арзыӯ-әрманларым болмысқа несип.
--------
Бир ески жаӊалық – кеӯил-нийетим,
Аманлық деп елжиреген сәҳәрде.
Қолдан келген әпиӯайы мийнетим,
Шарқыпәлектеги талӯаспан мен де.
---------
Адам, жанзат, ҳәтте, жәнлик те, мүмкин,
Салаӯат, бийкарға жаралған емес.
Жайнатыӯға келген дүньяныӊ көркин,
Нәзик гүл − үлкен күш, әлемге үлес.
---------
Тамса тарап кеткен тамшыман, шыны,
Бул өмирден әйдик-әйдик дәмем бар.
Әҳмийетсиз демеӊ ҳәтте, тамшыны,
Тама-тама көл болады деген бар!
------
Малика ЖУМАМУРАТОВА.
1998.
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Комментарии 6