АМАНАТ
Палатада үшеўмиз.
Шолпан, Үмит ҳәм мен. Шолпан сары сынлыдан келген, аўыр минезли, томпақ ғана қыз. Үмит – бул өз алдына әңгиме. Шырай менен сымбатқа келгенде қудай да ийе қойған, қатты несийбели қыз екен. Тулға дегениң – мүсиншиниң әрманы.
Бирақ, жас болыўына қарамастан, тәғдийрдиң көп ойлы-бийикли бурылыслары менен сынақларына дуўшар келген.
Бир шығармада оқығаным бар: «Қайғы-ҳәсиреттиң күши я көзге, я тилге урады», – дегенди. Көзге урса жылай беретуғын, тилге урса сөйлей беретуғын болады екен. Сол себепли ме, Үмит сөйлей беретуғын еди.
Рак кеселлиги бул күнде жас таңламайды. Жап-жас күйеўин қудай «көп көрип», қолында кишкене бир улы ҳәм қызы менен қалған. Күйик пенен жасаған адамда не денсаўлық Болсын? Бийтаплана бергеннен соң өзи де тап билгир тәўип сыяқлы.
Еле турмысқа шықпаған жас қыз болғанлықтан Шолпан Үмиттиң гәплерине онша итибар бере бермейди. Мен бийшара келиншектиң азырақ та болса иштеги шери шықсын, өзин азырақ болса да жеңил сезер, деген ой менен оны тыңлай беремен.
Ойлап отырсаң, ҳәммениң де өмир жолы сағасы пуқта тарнаўланған арнадай емес пе? Тарнаўдың бир жеринен оқпан алып кетсе, тасқын суў жолын ўайран етеди. Сол сыяқлы бул мийримсиз, жаўыз дүнья Үмиттиң қатты силкпесин шығарыпты.
– Ең ҳайран қаларлық жери, ким менен дәртлессем де, мәйли ол қоңсым болсын, мәйли ол кәсиплесим, ҳәмме маған ақыл береди, сондағы айтатуғынлары бир гәп-аў. «Сен бир өзиңе табыскер еркек излестириўиң керек. Турмысқа шығыўың шәрт емес. Ҳәжети де жоқ. Жақсысы ара-арасында ушырасып, кеўлиңди көтерип турсаң, өзиңниң ўақты-ўақты нашар екениңди сезинип турсаң болды емес пе? Бийбипатпаның туқымына соннан басқа не керек? Кеўлинен шыға билсең, табыскер, ҳәмелдар еркеклер қолы ашық болады». Мине, усындай гәплерден басқа еситерим жоқ. Отырып гейде ашыўдан буўлығаман, және де мени аяғанларынан айтып отырған шығар деп ойланаман.
Еки жумыста ислеймен. Ярым түнге дейин машинка басаман. Нан пулы болғандай болса, студентлердиң майда-шүйде жумыслары ма, мәкемелердиң қағазлары ма, терип-шөплеп жүргеним-жүрген.
Күйеўим менен бирге ислеп жүрген театрдан кетип, басқа жумысқа өттим. Күйеўимниң өлиминен соң, ол жерде бир өзиме ислеў жүдә аўыр болды. Гейде мениң ушын тойып уйқылаўдың өзи қол жетпес бир әрман еди.
Азанда қулағымның тусында шырылдап турған будильникти ылақтырып жибергим келип турады. Ҳеш кимди де көргим келмейди. Көзимди қатты жумып, қулағымды тас қылып бекитип аламан.
Илаж қанша, орнымнан турып, барып балаларымды оятаман.
Телефон шыңғырлайды, трубканы көтеремен. Қоңсым есикти қағады, оған хабарласаман. – Үмит суўық демин алып, тым-тырыс, бираз ўақыт үнсиз қалады. – Көп сөйлеп мазаңды алмадым ба? – деп және меннен кеширим сорайды.
Гейде көп ўақыт ойланып отырып, бирден:
– Енди сегизинши корпус бетке барып қайтайық, – деп өтиниш етеди.
Кешки салқын менен палатадан сыртқа шығамыз. Үшеўимиз емлеўхананың телефон будкасы орналасқан сегизинши корпус тәрепке қарай жүремиз.
– Әне, ҳо анаў палатаның айнасын көрдиң бе? Күйеўим сол әйнектен қолын былғап қалатуғын еди. Мен жумыстан соң кешқурын қызым Айгүлди бағшасынан алып, оның изинен келетуғын едим. Ол «алдыңыз кеш, ертерек қайтың, мине, мына жолдан автобус бәндиргисине тезирек жетесиз» деп палатасының әйнегиниң тусындағы соқпақты көрсетеди. Бизлер қызымыз бенен қайта-қайта изимизге қарай-қарай жолға түсемиз. Ол көп ўақларға дейин бизлерге қолын былғап қалатуғын еди. Әҳ, сизлер билсеңиз еди… бул емлеўханада жатып емлениў маған қаншелли аўыр екенлигин!
Әсиресе, мына корпустың тусынан өтсем, аяқ-қолларым қалтырап сала береди. Ерксиз басым жоқарыға көтерилип, нәзерим сол әйнекке туседи…
Мине, ҳәр күни кеште усылай.
Үмит телефон арқалы қызы ҳәм баласы менен хабарласады.
Үмиттиң қартайған анасы да емлеўханада жатыр. Жетпистеги әкеси гезек пенен бир күни қызынан, екинши күни бийтап кемпиринен хабар алады.
Соның ушын да отпускада отырған бир дос қызы Үмиттиң балаларын алып қалыўға келисим берген. Ҳәр сапары усы дос қызы менен телефон арқалы хабарласқанда, ол Үмитке баласын мақтайды: «Соныңдай ақыллы, тәртипли, үкесине мийирман бала», – деп. Үмиттиң сондағы палатаға қайтып киятырып, қуўанғанларын сөз бенен жеткериў қыйын.
– Балам әкесине тартқан. Үкесине мийирманлығын қәйтерсең, – деп қуўанады. Көзлеринен ерксиз жас та шығып кетеди.
Телефон гейде оны қапаландырады да.
Бир күни әкеси менен сөйлескенинде, әкеси оған емлеўханадан қайтып киятырып нан дүканына қайрылғанын, дүканшыға нан ушын ҳақы төлейин, деп шыжлан қалтасын қарастырса, орнында жоқ болып шыққанын айтты. Шыжлан қалтада ендиги айдағы пенсияға дейин ғәрежет ушын отыз манат пулы менен жайының гилти бар екен.
Бир күнги тиришилигин екинши күнниң қыбыр-қыбыры менен жалғастырып турған пенсия пул... жетпистеги ғаррының шыжлан қалтасы... жалғыз қызы менен қартайғанда дәрманы болған кемпири бийтап, емлеўханада...
Үмит пенен қосылып бәримиз де қыйналдық.
– Жетпис жасар ғаррының напақасын қағып кеткен қалтаман қудайдан тапсын, алғаны буйырмағай, – деп ғарғап-силеп, қыз бийшараны жубаттық.
Балаларым менен телефон арқалы мен де сөйлесемен. Олар:
– Мама, үйге қашан келесең? Үйге келсе, – дейди. Мениң көзиме дәрҳал жас келеди, сыртта жүргенде адам бир дым кеўли бос болып, кем-кеўил болып қала ма, билмеймен.
– Мениң жылап-жылап, көз жасларым қурып қалғаны қашшан. Мен тек үнсиз жүрегим менен жылайман, – деп муңаяды Үмит.
Және изимизге, палатамызға қайтамыз.
– Әне, түў анаў әйнек. Мениң күйеўим жатқан палатаның әйнеги. Мине, мына әйнек, мына әйнек… Күйеўим усы әйнектен көп ўақытқа дейин қолын былғап қалатуғын еди…
Бизлер қызымыз екеўимиз қайта-қайта изимизге қараймыз. Изимизге бурылып қарай беремиз... Ол қолын былғап турады...
Палатаға қайтып келгеннен соң, бизлер және Үмитти тыңлаймыз.
– Сары аўырыў болып емлеўханада жатқанымда, палатамыздың жалғыз әйнеги бар еди. Жақты дүнья менен жалғыз байланыс сол жалғыз әйнек.
Ол әйнектен болса мениң күйеўимниң өлиминен соң диагнозы қойылған ҳужжетти жаздырып алған бөлим көринип туратуғын еди. Емлеўханадан усы бөлимге, усы бөлимнен емлеўханаға бир неше рет ҳүжжет жыйнаў ушын қатнаған едим. Жуқпалы кеселликлер емлеўханасының өзи түрмехананың өзи емес пеЎ
Басқалардың жалғыз ермеги – сол жалғыз әйнек.
Мениң болса жүрегим езиледи. Балаларым күйеўимниң маған тапсырып кеткен аманаты емес пе? Солар ушын жасаўым керек, деп аўырыўым менен гүресемен.
Әйнекке көзим түссе, ядыма сол қыстың қақаман суўық күнлери келеди. Бул бөлим жудә бир узын-шубай ат пенен патолого-анатомиялық бөлим деп аталады екен. Дәслепки рет келгенимде узын қараңғы дәлиз, аяқ-қолларым қалтырап, қалай қарап жүриўди билмей турсам:
– Ҳәй, қыз, саған не керек өзи? – деген даўысқа селк кете қалдым. Даўыстың қай тәрептен шыққанын да аңлай алмайман.
– Басқарыўшы, – деп бослыққа жуўап берип атырман.
– Туўры алдыңа қарай жүре бер, – қараңғылықтан шыққан жуўап усы болды.
Узын, қараңғы дәлиз бенен кетип баратырман.
Әсте бир есикти ийтерип көрдим. Ашылып кетти.
Ортада үлкен столдың устинде бир адам жатыр. Есикти жаўып қойдым.
Керекли ҳүжжетти жаздырып алып, сыртқа шыққаннан соң көшеде ғана, жаңағы көргеним – столдың үстиндеги адамның ол дүньяға атланған дене екенлиги енди мениң мыйыма барып жетти.
Жүрегим қатты-қатты соғып қорқып баратырман.
Көшеде сығасқан адамлардың ортасында, оңға-солға өз жумыслары менен, өз қайғы ҳәм қуўанышлары менен баратырған халық пенен бирликте мен де жылысаман.
Қалтамда күйеўимниң, мениң өмирликке деп тәғдиримди қолына тапсырған жаслық муҳаббатымның өлимин тастыйықлайтуғын ҳүжжет. Қолымды қалтама салыўға қорқаман. Кишкене ҳәм тар көшелерден жүриўге жүрексинбей, орайлық көше менен кетип баратырман.
Сығасқан халық. Ҳәмме өз тәшўишлери менен.
Сүйретилип бәндиргиге жеттим. Өзимди бәндиргиге жеткенше ғана қолға алып келиппен. Көзимнен жас сорғалап қоя берди. Автобус күтип турған халық бәри де таңлана маған қарайды.
– Жақсы қыз, неге жылайсаң?
Жасы қырқлар шамасындағы бир киси қасыма жақынлап жубатпақшы болды.
– Күйеўим қайтыс болды, – деп, кеўлимди алмақшы бендениң табылғанына егил-тегил болып жылап атырман.
Ол бийтаныс адам мени жубатып атыр.
– Тәғдирлик ис, балам, жылап өзиңди алдыра берме. Өзиң болсаң, жап-жас, гүлдей нашар екенсең. Бул бенделик деген, бул иске сениң шараң жоқ, езиле бергеннен пайда жоқ. Белди беккем буўып, қалған өмириңе берекет тилеўиң керек. Еле өмириң алдыңда, ендиги жағындағы өмириңниң де өзиниң қызықлары болады...
Өмиримди жаңадан баслаў туўралы кеңести дәслеп сол бәндиргиде еситип едим. Соннан берли, мине, сол ақылды тез-тез еситиўиме туўра келип жүр.
Мен болсам, балаларымның әкесин умыта алмайман. Қолымда енди оның бул жақты дүньяда жоқлығы тастыйықланған ҳүжжет бар болса да, исенгим келмейди.
Биреўлер айтады, медицина илими тастыйықлаған, нашар адам жас басынан жесир қалса, басқа еркек көрмесе, аўырыўға шатылады, деп. Сонда да мен оған қыянет ете алмайман. Оның маған тапсырып кеткен аманаты – балаларымды ойлайман.
Екеўимиз институтта актерлық топарында бирге оқыдық.
Ол ата-анасы бурынырақта қайтыс болып, қартайған кемпир апасы екеўи ҳүкиметтиң бир бөлмели жайында турады екен.
Турмыс қурғанымыздан кейин көбирек бизиң үйде қонып қала беретуғын едик. Еки бөлме кирмели-шықпалы болғаны себепли, төрги бөлмеде әкем менен анам, аўызғы бөлмеде бизлер жатамыз. Әке-шешем қартайған адамлар, аўырыўлары көп. Соның ушын тез-тез асханаға, биресе дәри ушын, және де басқа мүтәжлер ушын бөлмесинен шығып турады. Есик ҳәр ашылып-жабылған сайын бизлер көрпемизди қымтастырып атырғанымыз.
Бизлердиң дәслепки пал айымыз усылайынша өтти.
Күйеўимниң үйине барсақ, кемпир апасы кип-кишкене, тап-тар асханада, қазан-табақтың ортасында түнеўи керек болады. Қысынамыз. Кирейге шығып кетиўге, екеўимиз де студентпиз.
Театр өнери институтымызда экспериментал театр бар еди – онда студентлер ҳәм муғаллимлеримиз рәсмий идеологиядан саўа спектакллер қояр едик. Жумыс орнымыз бир бөлме жай. Оның бир тәрепи сахна, екинши тәрепинде тамашагөйлер отырады. Тамашагөйлеримиз тийкарынан интеллигенция ўәкиллери еди.
Бул экспериментал театрда үлкен театрлардың режиссерлары да келип спектакль қойып, актерлары студентлер менен бирге сахнаға шығатуғын еди. Оларды бул сахнада цензураның жоқлығы қызықтырар еди. Таярланған спектакльди мәденият министрлигиниң қайсы бир нәментай чиновнигиниң нәзеринен өткериў зәрүрлиги жоқ. Питкен исти ҳеш ким быламыққа айландырмайды – сахна шеберлери өз талғамынан келип шығып ис тутады.
Спектакллеримиз ушын тамашагөйлерден пул жыйнамаймыз.
Күйеўим кешлерде сол экспериментал театрдың спектакллеринде ойнаў ушын институтқа кетеди, мен еки қабат болғаным ушын үйде қалатуғын едим.
Бул нәрсе мениң қартайған әке-шешем ушын түсиниксиз еди – қалайынша бир хожалықтың басшысы айлық алмайтуғын жумысқа қатнайды.
Олардың түсиниги бойынша, күйеўим басқа бир ис пенен шуғылланып журген сыяқлы көринеди. Жеңилминезли қызлар менен байланысы бар шығар, деп мени жазғырады.
Оқыўды питкергеннен кейин екеўимиз бир театрда жумыс ислей басладық.
Еки балалы болдық. Жас қәнигелердиң жай гезегинде биринши санлы болып турар едик. Бир күни горисполкомнан хат келди. «Ҳәзир гезек бойынша жай тапсырылып атырған жоқ, қәлесеңиз кооператив жайдың гезегине жазылыўыңызды усыныс етемиз» деген мәниде. Қайта қурыў, қайта қурыў деп ҳукиметтиң астан-кестен болып атырған мәҳәли еди. Илажымыз қанша, қайыл болып, «тәўеллеге турмаған тәўеллеге зар болар» болмасын дегендей, қурбы-қурдастан, дос-яраннан қарызға пул жыйнап, үш бөлмели кооператив жайға кирдик.
Қарызларымызды қутылыў ушын екеўимиз қай жерде майда-шүйде жумыс бар болса, бәрине де өзимизди урдық. Дубляжларға қатнастық. Өзлеримиз бенен институтта бирге оқыған сүўретшилердиң устаханаларына барып, бизге қарап сүўрет алыўлары ушын натурщик болып қатнастық. Усындай художниклер «халтура» деп айтатуғын жумыслардың ҳеш қайсысынан қашпадық. Бундай «меннен кеткенше, ийесине жеткенше» деп исленетуғын жумыслар көп күш талап етейди. Сонша жуўырып-жортып, күни-түни шаба-шабымызға қарамастан, бизлер бахытлы едик. Не деген менен төбеңдеги шаңараққа не жетсин?! Өз шаңарағыңа ийе болыў не деген бахыт!
Жумыстан шаршап келгенде гилтти таўлап ишке кириўден, «өз үйим өлең төсегим», деп бир майдан бөлмеңниң ана басы менен мына басына аўнап, бала-шағаңды ийискеп еркелетсең, ошақ басында барлық ғалмағал умыт бола қояды. Төрт көз түўел жәмленип, үйиңниң иши нурға толады.
Гейде отырып қайсы бөлмемизди қалай безеўдиң жойбарын сызатуғын едик.
– Сен уйқылап ал, балаларға күндиз керексең, – деп түнде жылап оянған балаларды жубатыўға күйеўим өзи оянатуғын еди.
Үш бөлмели жайымыз еле сырдандай жалаңаш, ҳүўлеп тур. Ҳеш нәрсе алып үлгермедик. Бирақ, қудайға шүкир, қарызларымыздан қутылып болып едик.
Енди екеўимиз тек өзимиздиң сүйикли жумысымыз бенен айланысыўға мүмкиншилик туўылды, деп жаңа бойымызды тиклеп, демимизди дурыслап алып едик.
Жән-жаққа шаба-шапты тоқтатамыз, деп дүканға мебелге гезекке жазылып қойған ўақтымызда күйеўим бирден аўырды. Сегиз ай үй бойына жумыс ҳәм емлеўхананың ортасында жуўырып жүрип, таңның қалай атып, күнниң қалай батып атырғанын да аңламадым.
Күйеўим қудайға керек екен. Илажым болмады. Бенденики бәри әрман.
Тилсиз қалғанынан соң да кәсиплеслерине қағазға «мениң еле сахнада ойнағым келеди» деп жазып беретуғын еди.
«САХНАДА ОЙНАҒЫМ КЕЛЕДИ, ОЙНАҒЫМ КЕЛЕДИ».
– Ойнайсаң, сен еле талай спектакллерде ойнайсаң, – деп жубатады оны изинен хабар алыўға келген кәсиплеслери.
Ҳәтте театрдың режиссеры күйеўим менен репетиция өткериў ушын тез-тез емлеўханаға келип турды.
Аяқ-қолы ләң болып, тилсиз қалса да, анық көрип ҳәм еситетуғын еди. Соңғы минутларына дейин ес-ақылы пүтин еди. Режиссер досты оған ҳәр қыйлы ис-ҳәрекетлерди көрсетеди. Пьесаны оқып береди. Оның:
– Емлеўханадан шықсаң бизлердиң изимизге жетип алыўың аңсат болады, – деген гәплерине қатты исенетуғын еди.
Баяғы күйеўим бийпул ислеп, аяққа турыўына мийнети сиңген экспериментал театр қайта қурыў дәўиринде күшли спектакллери менен халыққа танылды. Ҳәзир тез-тез шет еллерге гастроллерге шығып турады.
Гейпара адамлар маған: «Өзиңе басқа бир еркек таўып ал, жумыс, жумыс, деп қыйналып кеттиң», – дейди. Жумыс, жумыс, демей не қылайын? Басқа не алданышым бар? Баламды музыка мектебине бердим. Бул әкесиниң ең үлкен әрманларының бири еди. Өзиниң де музыкаға, көркемөнерге деген қызығыўшылығы бар. Ықласлы, инталы бала. Қызым ҳәр күни дийўалдағы әкесиниң сүўретиниң алдына бағшасынан қайтарсын терип қайтқан гүллерин вазаға салып қойып атырып: «Папа, мен саған мен гүл әкелдим. Бул гүллерди мен сениң ушын терип келдим ғой, я?» – деп мақуллатады.
Балаларым маған күйеўимниң тапсырып кеткен аманаты, – деди Үмит муңлы көзлери менен жүзиме тигилип. – Солардың адам болып, ҳәр қайсысы өмирден өз бахтын тапқандағы қуўанышы менен қызығын көрсем, сол маған бахыт. Мен аманатқа қыянет етиўге болмайды, деп түсинемен, – деп ол және үнсиз қалды.
– Дәрт пенен қайғыға толы бултлы күнлериңниң бәри де өтип кетип, алдыңда қуяштай жарқыраған қуўанышлар жолдасың болатуғын күнлериң көп еле, Үмит, – деп жубаттық бизлер оны.
1990, Ташкент
Присоединяйтесь — мы покажем вам много интересного
Присоединяйтесь к ОК, чтобы посмотреть больше фото, видео и найти новых друзей.
Нет комментариев