Алланазар Пирназаров 1903-жыл Кегейли районының Жетинши аўылында туўылған.
Ол 1934-1937-жылларда Қарақалпақстанда суд тараўында жумыс ислеген. Соның менен бирге, ол қәлем тербетип, қосықлар жазып турған.
1938-жылы Алланазар Пирназаров жазықсыз жазаланғанлар қатарында репрессия қурбаны болған. Сондай-ақ, усы репрессия ақыбетинде оның көплеген қолжазбалары жоқ етип жиберилген. Бирақ, айырым дөретпелери аўыздан-аўызға көшип, өз өмирин сақлап қалған. Бул дөретпелери арасында Алланазар Пирназаровтың ақлығы К.Сейданов тәрепинен халық аўзынан жазып алынған «Халық алғысы» атлы қосығы («Ақ қапшық» жылы халыққа несийеге ун үлестирген Қалмурат байға арналған) сақланып қалған.
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық мәмлекетлик архиви газета ҳәм журналлар фонды.
Мағлыўмат ҚР Архив иси басқармасынан алынды.
Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Комментарии 4