Елимизде бақланып атырған суўық ҳаўа райы жағдайында халықты жәмийетлик транспорт пенен толық тәмийинлеў, соның менен бирге, барлық билимлендириў мәкемелеринде оқыў басланғанлығы себепли қала ишинде қосымша автобус жөнелислери шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Бул жөнелислер арқалы қала орайы менен барлық аймақлар (Бес төбе, Боз аўыл, Хожан аўыл, Арқа автовокзал, Қоскөл 4, Саранча, Саманбай, Қызкеткен елаты, Шадлы аўыл, Кебир аўыл, Қум аўыл, Жуўазшы елаты, Ферма аўыл) қамтып алынды. Соның менен бирге, жолаўшылар ағымының көпшилик бөлегин А.Досназаров көшеси бойлап Темир жол вокзалына шекемги аралыққа да автобус жөнелиси қойылды.
Жөнелислерди тәмийинлеў мақсетинде 50 дана автобус жолға қойылды.
Автобуслар азанғы 07:00 ден 20:00 ге шекем белгиленген жөнелислерде график бойынша ҳәрекет етеди.
«Газ қуйыў шақапшаларындағы шеклеўлер бийкар етилгеннен соң автобуслар тоқтатылып, алдынғы жөнелистеги автотранспортлар өз жөнелислеринде ҳәрекет етеди», - деп мәлим етти министрлик.
Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Нет комментариев