Буннан саррас 31 жыл алдын, 1990-жыл 14-декабрьде Қарақалпақстан Жоқарғы Советиниң төртинши сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик суверенитети ҳаққында Декларация» қабыл етилди.
Декларацияда республика өзиниң мәмлекетлик дүзилисин, ҳәкимшилик-аймақлық бөлиниўин, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары системасын, сондай-ақ, судты, арбитражды ҳәм прокурорлық бақлаўды шөлкемлестириў ислерин өз бетинше белгилейтуғынлығы атап өтилген.
Қарақалпақстан Республикасында мәмлекетлик ҳәкимият оны нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд уйымларына бөлистириў принципине муўапық әмелге асырылады, деп көрсетилген.
Қарақалпақстан Республикасының көп миллетли халқы оның мәмлекетлик суверенитетиниң ўәкили ҳәм дәреги болып табылады, деп атап өтилген.
Фото ҚР Архив иси басқармасынан алынды. Karinform.uz Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Комментарии 1