Күн фотосы: Қарақалпақстан байрағы футбол бойынша Жәҳән чемпионаты финалында Қатарда өткерилип атырған футбол бойынша Жәҳән чемпионаты да өз жуўмағына жетпекте. Финал ойынында Аргентина ҳәм Франция миллий сайланды командалары өз ара күш сынаспақта. Итибарлысы, финал ойыны болып өтип атырған Лусаил стадионында көпшилик мәмлекетлер қатарында Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы да бар екенлиги жерлеслеримизди қуўанышқа бөлемекте. Жерлесимиз Шахноза Абдраимова стадионда байрағымызды көтерип түскен фотосүўретин социаллық тармақларда жәриялады. - 8 миллиард халқы бар Жер шарында 80 мың адамның ишинде болыў ушын қаншелли әўметли болыў керек? - деп жазды ол өзиниң Facebook бетинде. Karinform.uz Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
    4 комментария
    748 классов
    ⚡️Денсаўлықты сақлаў министрлиги сатылыўы тоқтатылған дәри өнимлери ҳаққында мағлыўмат берди «Тереңлестирилген сапалық тексериў нәтийжелерине бола, «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлериниң айырым серияларында пропиленгликоль элементиниң орнына ямаса оның менен бирге этиленгликоль ҳәм диэтиленгликоль элементлери бар екенлиги мәлим болды», - деп хабар берди (https://t.me/ssvuz/11836) ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги. ❗️Соны есапқа алған ҳалда министрлик халықтың саламатлығын қорғаў ҳәм қалған дәрилерди де қосымша тексериўден өткериў мақсетинде қорғаныў шарасы сыпатында «Quramax Medical» ЖШЖ тәрепинен 2022-жыл елимиз аймағына алып келинген барлық препаратлардың сатылыўын тоқтатты. Жоқарыдағы сүўретте усы препаратлардың дизими жәрияланған.
    0 комментариев
    3 класса
    🌧Нөкисте гүзги жаўын... ©Karinform.uz Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
    1 комментарий
    8 классов
    Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министри тайынланды Қурбанбаев Азимжон Сапарбаевич Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министри лаўазымын ўақытша атқарыўшы етип тайынланды. Бул ҳаққында министрликтиң мәлимлеме хызмети хабар берди. Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, А.Қурбанбаев 1975-жыл Әмиўдәрья районында туўылған. 1998-жыл Самарқанд мәмлекетлик архитектура-қурылыс институтын питкерген. Ол усы ўақытқа шекем Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министрлиги жанындағы «Архитектуралық режелестириў бюросы» МУК бас инженери лаўазымында жумыс ислеген. Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
    1 комментарий
    4 класса
    Репрессия қурбаны болған Алланазар Пирназаров Алланазар Пирназаров 1903-жыл Кегейли районының Жетинши аўылында туўылған. Ол 1934-1937-жылларда Қарақалпақстанда суд тараўында жумыс ислеген. Соның менен бирге, ол қәлем тербетип, қосықлар жазып турған. 1938-жылы Алланазар Пирназаров жазықсыз жазаланғанлар қатарында репрессия қурбаны болған. Сондай-ақ, усы репрессия ақыбетинде оның көплеген қолжазбалары жоқ етип жиберилген. Бирақ, айырым дөретпелери аўыздан-аўызға көшип, өз өмирин сақлап қалған. Бул дөретпелери арасында Алланазар Пирназаровтың ақлығы К.Сейданов тәрепинен халық аўзынан жазып алынған «Халық алғысы» атлы қосығы («Ақ қапшық» жылы халыққа несийеге ун үлестирген Қалмурат байға арналған) сақланып қалған. Қарақалпақстан Республикасы Орайлық мәмлекетлик архиви газета ҳәм журналлар фонды. Мағлыўмат ҚР Архив иси басқармасынан алынды. Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
    4 комментария
    6 классов
    1 комментарий
    1 класс
    Нөкистеги ҳайўанат бағында үш арыслан баласы дүньяға келди Пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Нөкис ҳайўанат бағы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы ҳайўанат бағында сийрек гезлесетуғын ўақыялардың бири жүз берди – ана Африка арысланы тутқынлықта үш арыслан баласын дүньяға келтирди. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы қәнигелери және студентлери менен биргеликте арыслан балаларының жағдайын үйренди. «Нөкис ҳайўанат бағында сақланып атырған ана арысланның балалаўы, әсиресе, үш арыслан баласының дүньяға келиўи сийрек гезлесетуғын ҳәдийсе болып табылады. Ҳәзирги ўақытта арыслан балалары саламат ҳәм күшли болып өспекте», - деп жазды Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баспасөз хызмети. Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
    1 комментарий
    1 класс
    ⚡️Қарақалпақстандағы жүз берген ўақыяларды үйрениў бойынша комиссия ағзалары гезектеги тексериў жумысларын баслады Қарақалпақстан Республикасында усы жылдың июль айында жүз берген жағдайлар ҳәм ўақыяларды үйрениў бойынша комиссия ағзалары 2022-жыл 15-август күнинен баслап және Қарақалпақстанда өз жумысын баслады. Бул ҳаққында Өзбекстанның Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) мәлим етти. Комиссияның жумыслары менен байланыслы мағлыўматлар ҳәм хабарларды халыққа жеткериў мақсетинде Телеграм тармағында t.me/commissionuz каналы жаратылды. 👉 t.me/commissionuz Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
    16 комментариев
    1 класс
    Хожели районлық Ишки ислер бөлими баслығы тайынланды Подполковник Искендеров Полат Қонысбаевич Қарақалпақстан Республикасы Хожели районлық Ишки ислер бөлиминиң баслығы лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди. Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, П.Искендеров усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районлық Ишки ислер бөлиминиң баслығы лаўазымында ислеген. Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
    3 комментария
    22 класса
    Қарақалпақ қыпшақларына мәдияр (венгриялы) жийенинен сәлем Видео @Merwert_uz әдебий-информациялық каналынан алынды. Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
    1 комментарий
    7 классов
Увлечения

Публикации автора

В ОК обновились Увлечения! Смотрите публикации, задавайте вопросы, делитесь своими увлечениями в ОК