Күн фотосы: Қарақалпақстан байрағы футбол бойынша Жәҳән чемпионаты финалында Қатарда өткерилип атырған футбол бойынша Жәҳән чемпионаты да өз жуўмағына жетпекте. Финал ойынында Аргентина ҳәм Франция миллий сайланды командалары өз ара күш сынаспақта. Итибарлысы, финал ойыны болып өтип атырған Лусаил стадионында көпшилик мәмлекетлер қатарында Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы да бар екенлиги жерлеслеримизди қуўанышқа бөлемекте. Жерлесимиз Шахноза Абдраимова стадионда байрағымызды көтерип түскен фотосүўретин социаллық тармақларда жәриялады. - 8 миллиард халқы бар Жер шарында 80 мың адамның ишинде болыў ушын қаншелли әўметли болыў керек? - деп жазды ол өзиниң Facebook бетинде. Karinform.uz Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
    1 комментарий
    484 класса
    ⚡️Денсаўлықты сақлаў министрлиги сатылыўы тоқтатылған дәри өнимлери ҳаққында мағлыўмат берди «Тереңлестирилген сапалық тексериў нәтийжелерине бола, «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлериниң айырым серияларында пропиленгликоль элементиниң орнына ямаса оның менен бирге этиленгликоль ҳәм диэтиленгликоль элементлери бар екенлиги мәлим болды», - деп хабар берди (https://t.me/ssvuz/11836) ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги. ❗️Соны есапқа алған ҳалда министрлик халықтың саламатлығын қорғаў ҳәм қалған дәрилерди де қосымша тексериўден өткериў мақсетинде қорғаныў шарасы сыпатында «Quramax Medical» ЖШЖ тәрепинен 2022-жыл елимиз аймағына алып келинген барлық препаратлардың сатылыўын тоқтатты. Жоқарыдағы сүўретте усы препаратлардың дизими жәрияланған.
    0 комментариев
    3 класса
    🌧Нөкисте гүзги жаўын... ©Karinform.uz Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
    1 комментарий
    8 классов
    Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министри тайынланды Қурбанбаев Азимжон Сапарбаевич Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министри лаўазымын ўақытша атқарыўшы етип тайынланды. Бул ҳаққында министрликтиң мәлимлеме хызмети хабар берди. Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, А.Қурбанбаев 1975-жыл Әмиўдәрья районында туўылған. 1998-жыл Самарқанд мәмлекетлик архитектура-қурылыс институтын питкерген. Ол усы ўақытқа шекем Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министрлиги жанындағы «Архитектуралық режелестириў бюросы» МУК бас инженери лаўазымында жумыс ислеген. Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
    1 комментарий
    4 класса
    Репрессия қурбаны болған Алланазар Пирназаров Алланазар Пирназаров 1903-жыл Кегейли районының Жетинши аўылында туўылған. Ол 1934-1937-жылларда Қарақалпақстанда суд тараўында жумыс ислеген. Соның менен бирге, ол қәлем тербетип, қосықлар жазып турған. 1938-жылы Алланазар Пирназаров жазықсыз жазаланғанлар қатарында репрессия қурбаны болған. Сондай-ақ, усы репрессия ақыбетинде оның көплеген қолжазбалары жоқ етип жиберилген. Бирақ, айырым дөретпелери аўыздан-аўызға көшип, өз өмирин сақлап қалған. Бул дөретпелери арасында Алланазар Пирназаровтың ақлығы К.Сейданов тәрепинен халық аўзынан жазып алынған «Халық алғысы» атлы қосығы («Ақ қапшық» жылы халыққа несийеге ун үлестирген Қалмурат байға арналған) сақланып қалған. Қарақалпақстан Республикасы Орайлық мәмлекетлик архиви газета ҳәм журналлар фонды. Мағлыўмат ҚР Архив иси басқармасынан алынды. Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
    4 комментария
    6 классов
    1 комментарий
    1 класс
    Нөкистеги ҳайўанат бағында үш арыслан баласы дүньяға келди Пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Нөкис ҳайўанат бағы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы ҳайўанат бағында сийрек гезлесетуғын ўақыялардың бири жүз берди – ана Африка арысланы тутқынлықта үш арыслан баласын дүньяға келтирди. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы қәнигелери және студентлери менен биргеликте арыслан балаларының жағдайын үйренди. «Нөкис ҳайўанат бағында сақланып атырған ана арысланның балалаўы, әсиресе, үш арыслан баласының дүньяға келиўи сийрек гезлесетуғын ҳәдийсе болып табылады. Ҳәзирги ўақытта арыслан балалары саламат ҳәм күшли болып өспекте», - деп жазды Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баспасөз хызмети. Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
    1 комментарий
    1 класс
    ⚡️Қарақалпақстандағы жүз берген ўақыяларды үйрениў бойынша комиссия ағзалары гезектеги тексериў жумысларын баслады Қарақалпақстан Республикасында усы жылдың июль айында жүз берген жағдайлар ҳәм ўақыяларды үйрениў бойынша комиссия ағзалары 2022-жыл 15-август күнинен баслап және Қарақалпақстанда өз жумысын баслады. Бул ҳаққында Өзбекстанның Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) мәлим етти. Комиссияның жумыслары менен байланыслы мағлыўматлар ҳәм хабарларды халыққа жеткериў мақсетинде Телеграм тармағында t.me/commissionuz каналы жаратылды. 👉 t.me/commissionuz Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
    16 комментариев
    1 класс
    Хожели районлық Ишки ислер бөлими баслығы тайынланды Подполковник Искендеров Полат Қонысбаевич Қарақалпақстан Республикасы Хожели районлық Ишки ислер бөлиминиң баслығы лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди. Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, П.Искендеров усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районлық Ишки ислер бөлиминиң баслығы лаўазымында ислеген. Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
    3 комментария
    22 класса
    Қарақалпақ қыпшақларына мәдияр (венгриялы) жийенинен сәлем Видео @Merwert_uz әдебий-информациялық каналынан алынды. Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
    1 комментарий
    7 классов
Закреплено
#KarinformWiki – қарақалпақша википедияны раўажландырыўға өз үлесиңизди қосың (+видео)
Толық мағлыўмат 👉 https://www.karinform.uz/kk/article/12611
Видеоны YouTube арқалы тамаша етиў 👉 https://www.youtube.com/watch?v=QzxkE2JT3sM
02:49
KarinformWiki
66 просмотров
⚡️Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды
«Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы ислеп шығылды. Бул ҳаққында Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети хабар берди.
– Бул платформа 1982-1992-жыллары аралығында китап болып басылып шыққан «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги»ниң төрт томлығы тийкарында ислеп шығылды. Бул бағдарламаға көп томлықтағы сөзлер өзгериссиз киргизиледи. Сонлықтан, бунда ғәрезсизликке шекемги дәўирге тийисли көплеген сөзлер де ушырасыўы мүмкин. Бирақ, халқымыз бул сөзлердиң де мәнисин билиўи керек деп ойлаймыз. Себеби, бул тарийх. Ҳәзирги ў
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
❗️Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары көбейтиледи
«Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалардың муғдарын көбейтиў ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.
🔰Пәрман тийкарында:
🔸2023-жыл 1-апрельден пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары 7 процентке көбейтиледи.
🔸2023-жыл 1-апрельден Өзбекстан аймағында:
▫️пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 347 000 сум;
▫️жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары – айына 677 000 сум;
▫️майыплық пенсиялары, соның ишинде, мийнет стажы толық болмаған майыплық пенсиясының ең кем муғдары – айына 747 000 сум;
▫️ мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған адамларға бер
⚡️Магистратураға қысқы қабыллаўда оқыўға кирген ҳаял-қызлардың контракт пуллары да мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи
🎓Хабарыңыз бар, Президент пәрманы (https://lex.uz/docs/5899498) ҳәм ҳүкимет қарары (https://lex.uz/docs/6156799) тийкарында мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура басқышында оқып атырған барлық ҳаял-қызлардың контракт төлемлери қайтарыў шәртисиз қаплап берилиўи белгиленген.
✅«Бул тәртип, сондай-ақ, магистратураға қысқы қабыллаўда төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилген ҳаял-қызларға да бирдей әмел етеди», - деп хабар берди Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги.
📝Сонлықтан, магистратураға усыныс етилгенлер усы жеңилликтен пайдаланыў мақ
Не только мечтать, но и действовать. Вместе – крепкая семья
Рашид Ержанов и Амангуль Сейтмуратова готовятся отметить никелевую свадьбу, они вместе уже 12 лет. Семью создали, когда обоим было за тридцать, решение быть вместе приняли сразу, как только познакомились. Улыбчивая Амангуль заставила сердце сдержанного и серьезного Рашида дрогнуть, именно о такой спутнице жизни он и мечтал.
Подробно 👉 https://karinform.uz/kk/article/12670
Наш Телеграм канал 👉 @karinformuz
Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери ўақыя орнында жумыс алып бармақта
Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баспасөз хызмети басқарма хызметкерлери тәрепинен әмелге асырылған излеў-қутқарыў ҳәм ўақыя ақыбетлерин сапластырыў жумысларынан оператив видеокөринислерди жәриялады.
Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz
00:23
1-video
184 просмотра
Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды
Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы төрт қабатлы турақ жайдың 4-қабатында жайласқан квартиралардың биринде ҳаўа-газ араласпасының шағылысыўы ақыбетинде жарылыў жүз берген. Жүзеге келген кинетикалық соққы нәтийжесинде имарат конструкцияларының бөлимлерине зыян жеткен. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги мәлим етти.
«Karinform.uz» сайты редакциясы усы кеўилсиз ўақыя ақыбетинде қайтыс болған адамлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтады. Ҳәдийсе ақыбетинде жарақат алған
Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды
Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы ҳәм «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының хызметкерлери тәрепинен өткерилген рейд илажлары даўамында 26-январь күни 20:30 лар шамасында Қоңырат районы «Жаслық» посёлкасында жасайтуғын пуқаралар Ж.Е. ҳәм М.И. нызамға қайшы түрде мототранспорт қуралы жәрдеминде тийисли рухсатнамасы болмаған аң аўлаў мылтығы менен Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киргизилген, жоғалып кетиў алдында турған сийрек гезлесетуғын түр есапланған 13 бас жәйранды (кийикти) атып, жансыз ҳалда алып кетип баратырған ўақытта усланды. Бул ҳаққында Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғ
01:33
Рейд кийик
166 просмотров
Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды
Усы жылдың 25-январь күни Хожели районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы қасындағы асханада жарылыў жүз берген. Бир пуқара алған дене жарақаты ақыбетинде ўақыя орнында қайтыс болған ҳәм еки пуқара дене жарақатын алып, районлық медициналық бирлеспеге орналастырылған. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Tолық мағлыўмат 👇
https://karinform.uz/kk/article/12666
Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz
«Судочье-Ақбеткей» қорықханасына 31 бас түркмен қуланы алып келинди
Усы жылдың 20-23-январь күнлери аралығында «Судочье-Ақбеткей» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасына Бухара ўәлаятынан 31 бас түркмен қуланы алып келинди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баспасөз хызмети хабар берди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 11-июньдағы тийисли бийлиги тийкарында Бухара қәнигелестирилген «Жайран» питомнигинен 175 бас түркмен қуланын «Судочье-Ақбеткей» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасына көшириў ҳәм усы сийрек гезлесетуғын ҳайўанат дүньясын тарийхый ареаллары болған аймақларда көбейтиў белгиленген еди.
Бул бағдардағы жумыслар
Показать ещё