ӨМИР ЛЕНТАЛАРЫ The ribbon of life
Бири тойғын түсли, бири сағымдай,
Желбирейди, доланады бир тынбай.
Өмир ленталары - ой ғәзийнеси,
Киношы түсирип тақлап барғандай.
Биреўдиң өмирин басқасы жазар,
Мәгар көп тарийхты изертлеп табар,
Қанша үңилсе де лента-дерекке,
Билгени сол, үзик-жулық шамалар.
Себеби, көп сырлы өмир лентасы,
Реңбе-рең ҳәм бар ҳәр реңниң уғрасы.
Адам өзиниң де өмир елесин,
Толық тиклей алмас, гәптиң расы.
Балалық, жаслық, я егеде гезлер,
Жүрип өткен, жүрилмеген көп излер...
Секундтың мазмуны - шексиз қубылыс,
Күндизлерге сыймай түслерге енер.
Сыры қуўандырып, сыры муңайтып,
Өширгиң келгени турса да қатып,
Үзилмегейдағы өмир лентасы,
Әнекей, келеди және таң аты