Қара көмир ойлар былғап қанымды
Көз жумып уйқысыз атқан таңымды
Алмасқым келеди жансыз қалмаққа
Көзде кулим шырай көринген менен
Ишти мың ташуишлер аяусыз жеген
Жаныма батады киргендей тебен
Қыйын кеше берер шыдам таппақта
Сел болып жауынның жауғаны киби
Ылайлап кетеди жүректиң түби
Ауыр салмақ берип сынақлар жүги
Көзге уйқы келмей қыйын жатпақта
Тыным таппағаны сағынып жоқлап
Сезим үмит берер кеуилди тоқлап
Бәрин сулыу етип бир туйип тақлап
Жүрекке салыуға жоқдур қақпақта
Тасып кеткениниде сыймайсаң тәнге
Сырттың қарасына бермейсең мәнде
Телбе болыу ушын шәрт емес сәнде
кеуил кеуилди гәп излеп таппақта
Сансыз мың жылуаны көриуиң мумкин
Бири көзин тигер бириси кулкин
Сезим рас келгенде қуумастан иркиң
Әне сонда болар бахыт таппақта
Аш көзиң сен куткен таңың атпақта😊😊
Гулчехра Юсупова
15-январь 2019ж. 01:20
Присоединяйтесь к ОК, чтобы посмотреть больше фото, видео и найти новых друзей.
Комментарии 55