Ата-бабада “алдын қырдым дегенде, арты гүўлеп басады, артын қырдым дегенде, алды және басады” дегендей, үстимнен күнде арза түсип, бир күни прокуратура, бир күни ишки ислер бөлиминен қоңыраў болып шақырып атыр.
Қызық жери, ишки ислер органы баслығы үстинен пуқара мәпин гөзлеп арыз етсең, бирақ, арадан бир-еки күн өтпей сол шахс атына түсиник хат жазсаң қолайсыз болады екен. Бирақ, ҳуқық қорғаў органлары өзиниң кәсиплик антына садық қалатуғынлығына исенимим кәмил.
Арза ийелерине бир зат айтқым келеди – мен қорқыў деген сезимди жақсы жеңемен, себеби қорқыў – шайтанның досты.
Мен салы бойынша ҳақыйқатлықларды, тест сынақларына телефон яки басқа да қуралларды алып киргенде көз жумыўшылық болған жағдайларын, айыпсыз шахсты руўхый ҳәм неврология диспансерине (жиллиханаға) жатқарған (тыққан) қусаған фактлердиң барлығын каналымда шығараман. Бас кеспек бар болса да, тил кеспек жоқ...
Әкежаным айтар еди: “балам, жалғыз аттың шаңы шықпас деген, сен ҳақыйқат дей берме, қойсаңо” деп. Сонда мен мынадай жуўап берер едим: “егер шаңы шықпайды деп мен тилимди тислесем, сен индемесең, ол үнсиз қалса, басқа ким айтады? Сонда әкежаным күлимсиреп арқамнан қағып қояр еди. Назым Ҳикметтиң де сондай гәпи бар емес пе: Мен жанбасам, сен жанбасаң, ол жанбаса серпилер түнек ким қашан?
Газетаға мүрәжат еткен пуқараларға соны айтар едим: “жыланнан қорқып жасасаң жылан шағып өлтирер” деген. Мен Сизлердиң ҳәр бириңиздиң дәртиңизди өзимниң дәртим деп билемен.
Айбек деген жорам қоңыраў етти: Дәўлет жора, жылланның қуйрығын баспаса, деди. Мен оған: жора, жыланның қуйрығын да, басын да басаман, дедим. Бас кеспек бар болса да, тил кеспек жоқ...
Д.Тәжимуратов
@el_xizmetinde
Присоединяйтесь — мы покажем вам много интересного
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Комментарии 4