#Мәмлекетлик_тил_31_жаста
Усы жылдың 1-декабрь сәнесинде Aна тилимиз болған Қарақалпақ тилиниң Мәмлекетлик тил бийлиги алғанына 31 жыл толыўы мүнәсебети менен "Мәмлекетлик тил 31 жаста" атлы видеороликлер таңлаўын жәрялаймыз!
Ҳешқандай жас ҳәм тағы басқа да шеклеўлер жоқ. Қәлеген адам, өзи қәлегенинше видеоролик таярлап жиберсе болады. Мейли, қосық оқың, мейли монолог оқың, байрам қутлықлаўлары ҳәм тилеклериңизди де қосың, яки болмаса өзгеше бир видеоролик таярлаң, қәлегениңиз. Тек ғана иләжи барынша видеоның сапалы ҳәм әжайып шығыўына итибар бериң.
Aна тилимизди уллылаўшы, көрген ўақытта ҳәр бир инсанның кеўлиндеги оған деген муҳаббатын еле де асырып жибериўши руўхтағы ең әжайып видеороликлер таңлап алынады ҳәм орынлар белгиленеди. Көпшиликтен келген усынысларға қарап, алдынғы саўғаларды пул сыйлығы етип өзгерттик. Ҳәм жеңимпазлар санын көбейттик. Демек,
🥇1-орынға 700 000 сўм + 1 китап
🥈2-орынға 600 000 сўм + 1 китап
🥉3-орынға 500 000 сўм + 1 китап
🏅4-орынға 400 000 сўм + 1 китап
🏅5-орынға 300 000 сўм + 1 китап
🏅6-орынға 200 000 сўм + 1 китап
🎖7-орынға 100 000 сўм + 1 китап
🎖8-орынға 100 000 сўм + 1 китап
🎖9-орынға 100 000 сўм + 1 китап
🎖10-орынға 100 000 сўм +1 китап
(Китаплардың барлығы қарақалпақ тилинде)
пул сыйлықлары, және де Қарақалпақ әдебиятының дүрдана шығармалар, ең әжайып китаплары саўға сыпатында тапсырылады. Буннан басқа номинациялар да анықланады ҳәм оларға да естелик саўғаларымыз тапсырылады. Орын ҳәм номинациялар төрешилер қурамы тәрепинен анықланады. Таңлаў әдил түрде өтиўине кепиллик беремиз.
Таңлаў қәўендерлери Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети ҳәм "UMU" жуўапкершилиги шекленген жәмийети. Келип түскен видеолар 2о-ноябрьден баслап
@Ecokomuz
@olya_eco ҳәм
@QARAQALPAQ_RENESSANSI_XXI телеграм каналлары арқалы қойылып барылады.
Видеороликлер 27-ноябрь сәнесине шекем қабылланады. Видеороликлериңизди @QR_XXI_BOT мәнзилине жиберсеңиз болады. Өзиңиз ҳаққыңыздағы мағлыўматларды да (аты-фамилия, байланыс ушын телефон номер, оқыйтуғын яки жумыс ислейтуғын жериңиз ҳаққындағы мағлыўматларды да жиберсеңиз жақсы болар еди) қосып жибериўди умытпаң.
ПыСы: Қарақалпақстандағы барлық ЖОО, лицей, мектеп, бағша ҳәм басқа да барлық мәкеме-шөлкемлер жәмәәтинен, және барлық блогерлерден усы хабарды тарқатыўын илтимас етип сорап қаламыз!
@Ecokomuz
@olya_eco
@umukitaplari
@bkadirbergenov
@QARAQALPAQ_RENESSANSI_XXI
Присоединяйтесь — мы покажем вам много интересного
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Нет комментариев