Уйқым келип тур болмаса жазар едим иштегилерди.
Ай яқшы 1- июнь өткен соң ҳәммеси жо4 болып кетеди. Жоқарыдағы басшылар дыққатына егер сиз жақсылық ислегиңиз келсе сол фотоларды және де мазмунлырақ ,жоқарыға көтерилиўди, халық итибарына тусыўди ҳәм де интернетте досларыңызды көбейтиўди қәлесеңиз мәслахатым "Халық аралық балаларды қорғаў " күнинде туўма яки басына мийнет тусип журе алмайуғын аўқалға келип қалған балалардан хабар алып олардың журип кетиуине жәрдем беретуғын қәўендерлерди таўып бериң.Имкәнияты шекленген балалар бар балалар бақшаларында олардың көпшилигине финанс тәрепинен қоллап қуўатланса имкәнияты шекленгенлерден шыға алатуғын имкәният бериң!Керек болса жеке өзим сиз ҳаққында реклама ислей аламан.Әлбетте бул мақала Сизиң және бир текше өмиўиңизге түртки болады.
Енди және бир машқала Президент мектебине тапсырыў ушын табель иши толы бес болыў керек екен. Мектеплер де усы мәселе бойынша коррупция ҳәўиж алып атыр!
Үшинши мәселе мектептиң 4-классын питкерип жақсы оқып шығып атырғанларға Ҳүрмет жарлықлары берилип атыр.Ал сол Ҳүрмет жарлықлардың таяр версиясын алып оқыўшыларға усынып атыр. Тиккелей бундай көриниске қарсыман! Бул жерде туўрыдан билимлендириў министрлигиң айыбы бар! Жыл он еки ай министрликтеглер не питкереди бир ҳүрмет жарлықты мәмлекет тәрепинен ислеп шықпауынан базардан күнделикли жемис алғандай сатып алып балалар қолына бериў бул кулгили.Ҳүрмет жарлық дегени атынан белги берип турғандай түп нусқада ҳәр кимде ала алмайтуғын қымбатлы,қәдирли. бахалы қағаз болыў керек ! Билимлендириў министрлигине усыларды жолға қойыў ушын тиккелей мектеп директорлары ,руўхыйлық орын басарлары машқаланы алып шықса мақсетке муўапық ийгиликли истиң басында турыў шәрт! Қандай да бул мәселелерди Сагалатдинова Эльмира көтерип шығыў лазым емес !


Присоединяйтесь — мы покажем вам много интересного
Присоединяйтесь к ОК, чтобы посмотреть больше фото, видео и найти новых друзей.
Комментарии 4