https://h5.metagoai.com/user/reg?uid=156963&inviteCode=Y38PMK MetaGo dunyodagi eng yaxshi aqlli AlphaGo arbitraj funksiyasiga ega va MetaGo avtomatik ravishda AlphaGo arbitraj tizimining daromadini foydalanuvchining depozit hisobiga taqsimlaydi. AlphaGo g'ishtli arbitraji platforma avtomatik ravishda butun dunyo bo'ylab yirik savdo platformalarining savdo hajmini, faolligini va narxlari farqini aniqlashi va keyin darhol past narxda sotib olishi va narxlar farqini olish uchun platformalar o'rtasida yuqori sotishi mumkinligini anglatadi. . Ko'tarilish va pasayishdan qat'iy nazar foydali bo'lishi mumkin va oylik daromad 30% dan 80% gacha, hatto 200% ni tashkil qiladi!
524516516662

Дипуж 🌟

13-Войн: УМЫТПА, МЕН КИБИ СҮЙЕАЛМАС ХЕШ КИМ. Келмейди тәрк етип, өзиңнен кешким Сыйқырлы жумбақсаң, келеди шешким. Аспаннан айды алып берседе саған Умытпа, мен киби сүйалмас хеш ким. Ышқыңда өртендим, келмейди өшким Жайғастым жүрегиңе, келмейди көшким. Дүнияның патшалығын инәм етседе Мен киби сүйалмас, өзиңди хеш ким. Өзиң менен келер, кууанып йошқым Өзиңсиз мен ушын, жулдызсыз кеш, түн. Сырқылмас илхәмым, саған жазыуга Мен киби жырлай алмас өзиңди хеш ким. Басқаны сүйалмайман, сүйиуге кеш дым. Билмеймен, жүрегим тек саған өш дым. Сырлы сезим менен өзиңдей болып кеулимниң султаны болалмас хеш ким. @voyn13
  • Класс
524516516662

Дипуж 🌟

13-Войн: ТАЛИБАНҒА ТУРМЫСҚА ШЫҚҚЫР. (Бир қурдасқа дослық хәзили. Дем алыс күни хәзиллер күни) Жыртық шалбар кийип шықтың тағыда көринипти сатаныңның ағыда. Айтып ауырдығо адам жағыда талибанға турмысқа шыққыррр. Тапқайсаң-дә жүн төс, қапа сақалды арқалатқай сексеуил хәм пақалды. Тыңламадың нәсиятты, мақалды талибанға турмысқа шыққыррр. Талибанка деген атта танылып жүргейсең-дә пәренжини жамылып. Алып қашқай жүргенлери аңылып талибанға турмысқа шыққыррр. Есапламай келип турған жасыңды пенсит пенен жулдырыпсаң қасыңды. Орап тастағайда үсти-басыңды талибанға турмысқа шыққыррр. Кийме десе ерегисип кийесең ақыл айтса нервке дым тийесең. Минип үйрене бер ешек, түйе сен талибанға турмысқа шы
524516516662

Дипуж 🌟

13-Войн: ӨЗИ "БИРЕУ"ЛЕРДИҢ АЙЛЫҒЫ ҚАНША? Биз қусап малынбас қара суу терге сонда да үйлери бар бир-еки жерде. Жап-жас ойнаслары бар бөленген зерге өзи "биреу"лердиң айлығы қанша? Жоқары оқыуда қыз бенен улы қалай жетер екен бир айлық пулы? Камхоз хызметинде, как будьто қулы өзи "биреу"лердиң айлығы қанша? Балалары минер машын ең қымбат үйлерин айтыңшеш, сәулет хәм сымбат. Көрсең лал боласаң бахалап, қунлап өзи "биреу"лердиң айлығы қанша? Төлемлерден сирә хеш қарызы жоқ жоллар мүрәжаты я арызы жоқ. Той берсе гулянкиниң шеги, изи жоқ өзи "биреу"лердиң айлығы қанша? Гилең қымбат артист шақырар тойға тирилип келер Капур хәм Виктор Цой да. Келер қонағыда гил крутой-дә өзи "биреу"лердиң айлы
524516516662

Дипуж 🌟

13-Войн: ИСЕНБЕЙ-АҚ ҚОЙ. Демей-ақ қой биреулерге жағайын жыланлар көп, деп жатырған шағайын. Туу сыртыңнан атпадыма ағайын өзиңнен өзгеге исенбей-ақ қой. Дослықтыңда астарында жатар мәп сырларыңды билип оннан сатар гәп. Ийин тиреп турсадағы қатар тап өзиңнен өзгеге исенбей-ақ қой. Ақша көрсе кимлер дейсең қызбаған қәлб барма шайтан қулпын бузбаған? Шегараны халық бийкар сызбаған өзиңнен өзгеге исенбей-ақ қой. Көрдим бүйиринен қанжар тыққанын аяқ асты тары шашып жыққанын. Көрдим батырдыңда жолдан шыққанын өзиңнен өзгеге исенбей-ақ қой. Исеним қалмады тууысқанға да исеним жоқ ертең атар таңға да. Халық қойды исениуди ханға да өзиңнен өзгеге исенбей-ақ қой. Байлық бийлеп алған ақыл, аңды
Показать ещё